Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы тәрепинен Туркия-Өзбекстан «СИНОТУРК» қоспа кәрханасында ислеп шығарылған еки дана заманагөй өзи аўдаратуғын (самосвал) жүк автомашинасы Төрткүл районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасына берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-апрельде қабыл етилген «Мәмлекетлик органлар ҳәм кәрханаларын жеңил коммерциялық автотранспорт қураллары, арнаўлы ҳәм аўыл хожалық техникалары менен тәмийнлеўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде бүгинги күнде 22 дана заманагөй өзи аўдаратуғын (самосвал) жүк автомашиналары алынған болып, орынлардағы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханаларына тапсырылды.
Сүўретте Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратов Төрткүл районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы жумысшыларына автомобиль гилтлерин тапсырып атыр.