Төрткүл районы Төрткүл медицина колледжинде “Министр ҳәм жаслар” ушырасыўы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы автомобиль жоллары комитети баслығының орынбасары О.Жуманиязов, Төрткүл районы ҳәкими Р.Шамуратов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобеновлар қатнасты.
Өткерилген илажда комитет көлеминде әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы ис-режелер ҳаққында сөз етилип, жаслардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды.