Қоңырат районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен район аймағындағы А.Ахунбабаев ДФХ ишинен өтиўши 4-Н 15-Т автомобиль жолының 1-2-км аралығында ҳәм 4-Н 36 автомобиль жолында күнделикли оңлаў жумыслары алып барылып атыр.
Бунда автомобиль жолы тегисленип, автомашиналар жүриўи ушын жарамлы жағдайға келтирилмекте. Айтып өтиў орынлы алыс аймақлардағы автомобиль жоллары, аўылларды бир-бири менен байланыстырыўшы жолларда оңлаў жумысларын жүргизиўдиң әҳмийети үлкен.
Буннан алдын Қоңырат районындағы “Қыпшақ” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы жолларды тегислеў жумыслары алып барылып атырғанлығы ҳаққында хабар берген едик.