Республикалық әҳмийеттеги 4 Р-174 автомобиль жолының 4-11-км аралығында қайта оңлаў жумыслары алып барылып атыр. Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы хызметкерлери автомобиль жолында реконструкция жумысларының сапалы жүргизилиўинде қызғын мийнет етпекте.
Айтып өтиў орынлы, 4 Р-174 автомобиль жолы Әмиўдәрья дәрьясының оң жағалығы ҳәм шеп жағалығын байланыстырыўшы тийкарғы жоллардан есапланады.
Буннан алдын 4-Р 176 автомобиль жолынында реконструкция жумыслары алып барылып атырғаны ҳаққында хабар берген едик