05.07.2021Жаӊалықлар Қаратаў жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Төрткүл районы аймағында «Абат аўыл» ҳәм «Абад мәкан» бағдарламалары тийкарында автомобиль жоллары ҳәм ишки хожалық жолларында оӊлаў жумыслары алып барылмақта.Жақында Беруний МПЖ аймағындағы «Севинч», Мустақыллық МПЖ аймағындағы Х.Алимжанов, Истиқлол МПЖ аймағындағы «Заманжаш» ҳәм Марзаобот МПЖ аймағындағы Ш.Рашидов көшелеринде күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылды.Оӊлаў жумыслары шеӊберинде жоллар ЩПС материалы ҳәм салқын асфальт өними менен тегисленип, жергиликли пуқаралар ҳәм автомобильлердиӊ пайдаланыўы ушын тапсырылды.