Хожели районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен бүгинги күнде район аймағындағы “Абат аўыл” ҳәм “Абат мәкан” бағдарламаларына киргизилген көшелерде оӊлаў жумыслары қызғын түрде алып барылмақта. Атап айтқанда Наўрыз АПЖ аймағындағы 14 көшеде оӊлаў жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды. АПЖ аймағындағы Қыят ҳәм Мақтумқулы көшелеринде тегислеў ҳәм асфальт асты грунт жумыслары жуўмақланып, асфальт төсеў ушын таяр жағдайға келтирилген.

Бағдарлама шеӊберинде Сарышүнгил АПЖ аймағында жәми 6,175 км. ишки хожалық жолларында оӊлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген болып, Шадлық, Дослық, Қумбыз аўыл аймақларында жәми 6 көше тегисленип, ЩПС материалы төселди. АПЖ аймағындағы Қаракөл аўылы жолына жаӊадан асфальт төселиўи режелестирилмекте. Сондай-ақ, және 8 көше тегисленип, ЩПС материалы жатқарылыўы ушын таярланып атыр.

Район аймағындағы Қумжыққын АПЖ аймағында 6,005 км. жолға ЩПС материалы төселиўи режелестирилген болып, Аўез, Қумжыққын, Амангелди аўыллары аймағындағы 7 көше тегисленип, ЩПС төсеў ушын таяр жағдайға келтирилген.