Шоманай районы орайындағы Жаӊабазар МПЖ аймағында жайласқан Әмир Темур көшесинде күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, ишки хожалық жолы тегисленди ҳәм қара қаплама төселди.

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәкан» бағдарламалары орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде Шоманай районында бир қанша жумыслары алып барылып атыр. Атап айтқанда Айбүйир МПЖ аймағындағы 4,6 км. ишки хожалық жолында  оӊлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген болып, соннан 2,5 км. жол тегисленди. Буннан тысқары район орайындағы Әжинияз ҳәм Бахытлы көшелери жаӊадан асфальтланды.