Усы жылдыӊ 23-июнль күни Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилген «Беруний» ҳәм «Абай» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы қурылыс, абаданластырыў ҳәм оӊлаў жумыслары менен жақыннан танысыў мақсетинде Беруний районында болды.

Мәмлекетлик бағдарламалардыӊ орынланыўы бағдарындағы жумыслар бойынша өткерилген илажда Беруний районы ҳәкими А.Сапарбаев, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ўәкиллери, тийисли мәкеме-шөлкемлер баслықлары, тараў қәнигелери қатнасты.

Усы аймақларда мәмлекетлик бағдарламалар шеӊбериндеги жумысларды алып барыў ушын жәми 17 173 млн. сўм қаржы көлеминде жумыслар әмелге асырылыўы белгиленген болып, ишки хожалық жолларын оӊлаў, ишимлик суў тармақларын тартыў ҳәм суў конструкцияларын қурыў, электр жеткерип берилиўи, социаллық инфраструктура объектлерин қурыў ҳәм оӊлаў белгилеп қойылған.

Айтып өтиў орынлы, бағдарлама шеӊберинде «Беруний» АПЖ аймағында жәми 10,2 км. ишки хожалық жолларында оӊлаў жумысларын алып барыў режелестирилген болып, соннан 9,4 км. автомобиль жолына ЩПС төселиўи жумыслары жуўмақланыў алдында тур. 0,6 км. жолға асфальт төселди. 

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, бағдарлама шеӊберинде бүгинги күнде 2,2 км. ишимлик суўы тармақлары тартылып, 3 км. узынлықтағы электр энергиясы линиялары жаӊаланды. 124 электр тармағы бағаналары ҳәм 2 трансформатр орнатылды. Буннан тысқары 1 км. узынлықта коммуникация тармағы тартылды.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети

Фото: Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы