Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов Хожели районындағы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларына киргизилген «Наўрыз» ҳәм «Қумбыз» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы қурылыс, абаданластырыў ҳәм оӊлаў жумыслары менен жақыннан танысты.

Өткерилген илажға Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, сектор басшылары, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ўәкиллери, тийисли тараў қәнигелери қатнасты. 

Бағдарлама шеӊберинде аймақта бүгинги күнге шекем 8,7 км ишки хожалық жоллары оӊланып, ЩПС материалы төселди. 6,6 км электр энергиясы линиялары жаӊаланды ҳәм 4 км ишимлик суў тармақлары жаӊадан тартылды, 17,4 км газ тармақлары оӊланды. Сондай-ақ, 110 электр бағаналары ҳәм 2 трансформатор орнатылып, 4 км аралыққа интернет линиялары тартылды.

Айтып өтиў орынлы, аймақлардағы ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша Хожели районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен бир қанша жумыслар әмелге асырылған болып, Наўрыз МПЖ аймағында 27 көше, Қумбыз АПЖда 28 көшеде оӊлаў жумыслары жүргизилиўи режелестирилген. Аймақлардағы ишки хожалық жолларын оӊлаўда Шоманай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы, Тақыятас жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы сыяқлы кәрханалар кесип алып ислеўши сыпатында қатнасып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы
мәлимлеме хызмети