Бүгин Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Фархад Алламбергенов Нөкис қаласындағы «Наўқанбағ» ҳәм “Ақжағыс” мәкан пукаралар жыйынларында алып барылып атырған «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеӊбериндеги жумыслар менен танысты.
Өткерилген илажда Нөкис қаласы ҳәкими У.Панаев, сектор басшылары, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ўәкиллери, тийисли мәкеме-шөлкемлер баслықлары, тараў қәнигелери қатнасты.
Онда мәмлекетлик бағдарлама бойынша мәкан пуқаралар жыйынында алып барылып атырған жаӊаланыўлар бағдарындағы дөретиўшилик ислери, кеӊ көлемли қурылыс, оӊлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында сөз етилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Бағдарлама шеӊберинде усы аймақларда жәми 25 070 млн. сўмлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген болып, ишки хожалық жолларын оӊлаў, ишимлик суў тармақларын тартыў, электр энергиясы линияларын жаӊалаў, газ, интернет тармақларын тартыў ҳәм басқа да жумыслар әмелге асырылыўы белгилеп қойылған.
-Баслы мақсет халықты бүгинги турмысынан разы етиў болып табылады – дейди Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы бас инженери Ю.Ерназаров. -Бүгинги күнде аймақлардағы жәми 18 көшеде бағдарлама шеӊберинде қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылып атыр. Курылыс-оӊлаў жумысларыныӊ сапалы алып барылыўын тәмийнлеў ушын жойбарға киргизилген көшелер тийисли тәртипте тендерге қойылды. Тендер жуўмағында 7 көше Тақиятас жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен асфальтланыўы белгилеп алынды. Буннан тысқары және 11 көше тендерге қойылып, Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тендер жеӊимпазы болды ҳәм бүгинги күнде ЩПС төсеў жумыслары алып барылып атыр.
Ишки хожалық жолларындағы оӊлаў жумысларыныӊ сапалы алып барылыўын ҳәм жумыслардыӊ нәтийжелилигин Қарақалпақстан Республикасы аймақлық жолларға буйыртпашы хызмети мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен қадағалап барылады.
Бағдарлама шеӊбериндеги жумыслар Республикамыздыӊ барлық қала ҳәм районларында алып барылып атыр.
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети