Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен ислеп шығылған автомобиль жоллары тараўында қаржылық ашықлық ҳәм жәмийетшилик алдында есаплылықты тәмийнлеўге қаратылған Өзбекстан Республикасы Президенти қарары жойбары додалаў ушын regulation.gov.uz порталына жайластырылды. Бул ҳаққында Әдиллик Министрлиги жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими хабар берди.
Қарар менен төмендеги жаӊалықлар енгизилиўи күтилмекте.
Ҳәмме ушын ашық болған «Ашық айдын жол» онлайн мәлимлеме платформасы ҳәм оныӊ мобиль қосымшасы иске қосылады.
Платформада:
– автомобил жоллары қурылысы бойынша барлық мәмлекетлик бағдарламалары ҳәм жергиликли бағдарламалар бир жерге жәмленеди;
– қурылыс ҳәм оӊланыўы режелестирилген жоллардыӊ барлығы онлайн-картада айқын көринип турады, яғный, қала ҳәм көше атына шекем платформадан ҳәм мобиль телефоннан көрип турыў мүмкиншилиги пайда болады;
– усы картаныӊ өзинде қурылыўы яки оӊлаўды әмелге асырып атырған мәкеме, жумсалып атырған қаржылар, орынланған жумыслардыӊ жағдайын туўрыдан-туўры бақлап барыў имканияты пайда болады;
– жол фондларыныӊ барлық түсимлери реал ўақыт режиминде Платформада “онлайн-есаплағышта”да көринип турады, яғный, мәселен автомобилиӊизди дизимнен өткергенде жол фондына төленген қаржы қай жерге бағдарланғанын сол ўақыттыӊ өзинде билип алсаӊыз болады;
– халыққа жоллардыӊ насазлығы, ҳәрекет етиў ушын пайда болған машқалалар ҳаққында фото ҳәм видеомүрәжатлар қалдырыў имканияты жаратылады;
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети