Бул ҳаққында kun.uz Қарақалпақстан басылымы хабар берди. 1-4-сентябрь күнлери Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында Ислам раўажланыў банки (ИРБ) басқарыўшылар кеӊесиниӊ жыйналысы болып өтти.

Онда ағза мәмлекетлер арасында улыўмалық баҳасы 1,2 миллиард АҚШ долларына теӊ 30 қаржылық келисимге қол қойылды. Соннан 330 миллион долларына теӊ қаржы Өзбекстан мәплерин гөзлеген түрде жумсалады.

Соннан, «Абат аўыл» бағдарламасы шеӊберинде Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларыныӊ аўыл инфраструктурасын модернизациалаў бойынша жәми 200 миллион долларлық қарыз шәртнамасы дүзилди.