Беруний районы аймағындағы Кат көшеси реконструкция обьекти сыпатында режеге киргизилген болып, бүгинги күнде қурылыс-оӊлаў жумыслары даўам етпекте.
Алдын 2 полосалы, ени 6 метр болған автомобиль жолы кеӊейтилип, 4 полосалы, ени 15 метрли жолға айландырылып атыр. Жойбар сметада 5,2 км автомобиль жолы қайта қурылыўы белгиленген ҳәм ҳәзирги ўақытта жолдыӊ 2,5 км бөлегинде қурылыс-оӊлаў жумыслары Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылмақта.
Сондай-ақ, реконструкция жумыслары шеӊберинде автомобиль жолы шетинде пиядалар жолын қурыў, көшени жақтыландырыўшы шырақлар ҳәм жол белгилерин орнатыў, жол сызылмаларын сызыў жумыслары әмелге асырылыўы белгиленген. Қурылыс жумыслары даўам етип атырған болып, асфальтобетон қаплама жатқарылып атыр.