Республикамыздыӊ алыс аймақларыныӊ бири болған Мойнақ районы халқыныӊ турмыс шәраятын жақсылаў, олардыӊ абадан турмыс кешириўин тәмийнлеў, мүшкилин жеӊиллетиў ҳәм машқалаларын шешиў жолында ийгиликли жумыслар әмелге асрылып атыр.

Айтып өтиў орынлы, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша райондағы Бозатаў, Ҳәким-ата, Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы ишки хожалық жоллардында Мойнақ районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен қурылыс-оӊлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып, халықты жыллар даўамында қыйнап келген машқалалардыӊ бири болған жол мәселелери унамлы шешимин тапты. Мәмлекетлик бағдарламалары тийкарында аўыл аймақларындағы жоллар оӊланып, ЩПС материалы ҳәм асфальт төсеў жумыслары жүргизилди.

Қазақдәрья аўыл пуқаралар жыйынындағы № 3-көшеде толық оӊлаў жумыслары есабынан грунт ҳәм топырақ жумыслары жүргизилди. Жол тийкари ушын щебен төселип, асфальт жатқарыў жумыслары алып барылды. Аўыллық шыпакерлик пунктине алып барыўшы баслы көшелердиӊ бири болған ишки хожалық жолы бойында 1 мектеп ҳәм 1 балалар бақшасы жайласқан ҳәм оӊлаў жумысларыныӊ алыпе барылыўы аўыл турғынлары ушын және бир қуўанышлы жаӊалық болды десек алжаспаған боламыз.

Район көлеминде улыўма 10,235 км ишки хожалық жоллары оӊланған болса, соннан Мойнақ районы жергиликли бюджет қаржылары есабынан 5 көшеде күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылды.

Кеӊ көлемли жумыслардыӊ нәтийжели алып барылыўы халықтыӊ турмыс шәраятын жақсылаў жолында әмелге асырылып атыр. Бул бағдарда жумыслардыӊ системалы шөлкемлестирилиўинде Мойнақ РЖПУК баслығы Юсип Тоғызбаев басшылық етип келмекте.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети