Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 147-статясына муўапық, жолларда, темир жолдан өтиў орынларында, жол ҳәрекетин тәртипке салыўшы басқа қурылмалар яки техникалық қуралларға зыян жеткериў, сондай-ақ, жол ҳәрекетин қасттан, усы қатарда жол қапламасын патасландырыў жолы менен кесент етиў, жәнеде автомобиль жолларын өзбасымшалық пенен қазыў, оларда жасалма бийтегисликлер ҳәм тосықлар жаратыў, автомобиль жолында жумысларды әмелге асырыў ушын берилген рухсатнама талапларын орынламаў, сондай-ақ, жолларды сақлаў қағыйдаларын бузыў –

-пуқараларға базалық есаплаў муғдарының бир есесинен үш есесине шекемги муғдарда, лаўазымлы шахслар ушын болса он есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

-Жол белгилерин орнатыў, жолларды, темир жолдан өтиў орынлары ҳәм басқа жол қурылмаларын ҳәрекет ушын қәўипсиз түрде сақлаў қағыйдаларын бузыў яки жолдың айырым бөлеклеринен пайдаланыў ҳәрекет қәўипсизлигине қәўип салатуғын ўақытта оларда ҳәрекетти өз ўақтында қадаған етиў яки шеклеў илажларын көрмеў – лаўазымлы шахсларға базалық есаплаў муғдарының он бес есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.