Студент-жаслар тараў қәнигелери тәрепинен исленип атырған жоллардағы жеңил оңлаў, қайта оңлаў жумыслары, сондай-ақ, автомобиль жолларын сақлаў менен байланыслы жумыс процеслери менен жақыннан танысты.
Теорияны әмелият пенен байланыстырыўда өндирислик әмелияттың тутқан орны айрықша. Бул бағдарда студент-жаслардың билим ҳәм көнликпелерин арттырыўда тараў қәнигелери өзлериниң тәжирийбелерин әмелиятшыларға үйретип атыр.