Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен район аймағындағы Наўайы МПЖ аймағындағы Оқытыўшылар көшесиниң оңлаўға мүтәж 0,4 км. аралығына жаңадан асфальт төселип, Пил қала тарыйхый естелигине алып барыўшы автомобиль жолында күнделикли оңлаў жумыслары алып барылды.
Быйылғы жылы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары бойынша район көлеминде ишки жолларға кириўши жәми 82 көше автомобиль жолында оңлаў жумыслары жүргизилиўи нәзерде тутылған болып, 8 көшеде асфалть төсеў режелестирилген.
Бүгинги күнге шекем улыўма 55 көшеде оңлаў жумыслары алып барылды.