Қоӊырат районы орайынан өтиўши 4Н-36 автомобиль жолы алдын бир тәреплеме ҳәрекет етилиўши 2 полосалы 2 автомобиль жолына ажыратылған еди. Қоӊырат районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен автомобиль жолында күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып, кеӊейтиў жумыслары жүргизилмекте.
Басқарманыӊ Техникалық қадағалаў бөлими бас қәнигеси Фархад Мадияровтыӊ хабарына бола бүгинги күнде 4Н-36 жолы ени 7,5 м. ҳәм 9 м. болған еки автомобиль жолынан 6 полосалы ени 22 метрлик бир пүтин жолға айландырылған.
Быйылғы жылда 4Р-173 автомобиль жолынан басланыўшы 4Н-36 Алтынкөль аўылы-Қоңырат ДФХ жөнелисиндеги 8-11 км. аралығында оӊлаў жумыслары алып барылыўы режелестирилген.