2007-жыл 2-октябрьде «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилген болып, онда Өзбекстан Республикасы, соныӊ ишинде Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы автомобиль жоллары, олардыӊ эксплуатация жумысларыныӊ алып барылыў тәртиби ҳәм басқа да мәселелер сөз етилген.
Усы нызамныӊ 10-статьясында «Қалалар ҳәм басқа халық жасаў пунктлериниӊ көшелери қалалар, қала посёлкалары, аўыллар шеӊберинде болады, усы көшелердиӊ Өзбекстан Республикасыныӊ улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары дизимине белгиленген тәртипте киргизилген участкалары буған кирмейди.
Қалалар ҳәм басқа халық жасаў пунктлериниӊ көшелери мәмлекет мүлки болып, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органлары ықтыярында болады.»-деп көрсетилген.
Нызамнан келип шығып, ишки хожалық жоллары жергиликли ҳәкимят органлары балансында есапланады.