Бүгинги күнде автомобиль жолларында ҳәр қыйлы суў тармақлары қудықлары қақпақларыныӊ алып кетилиўи, буныӊ ақыбетинде автомобиль жолларында авария қәўпи жүзеге келип атырғаны ҳаққында хабарлар жийи-жийи тарқалып атыр.
Суў қудығы қақпақлары жолшылар яки басқа жуўапкер мәкемелер айыбы менен өз орнында жойтылып атырған жоқ. Сыр емес, қудық қақпақлары белгисиз шахслар тәрепинен урлап кетилмекте. Буны ҳәммемиз билсек те айыпты тек жуўапкер мәкемелерден излеймиз.
Биз бул мәселени кеӊирек үйрениў мақсетинде «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ қәнигеси менен байланыстық. Сәўбетлесиў даўамында бир неше сораўларымызға қысқа анық жуўап берип, қудық қақпақлары тийкарынан дийўаналар, ишиўшиликке берилгенлер ҳәм айырым гүдибузар пуқаралар тәрепинен сатып жиберилгенин мәлим етти.
Метал қақпақларды темир шынжырлар жәрдеминде беккемлеп қойыў мүмкиншилиги ҳаққында сорағанымызда бул тәжирийбе Нөкис районы аймағында пайдаланылғаны, бирақ, «дийўаналар» буныӊда исласын таўып, метал кесиўши халық тилинде «болгарка» жәрдеминде қақпақларды қолға киритип атырғанын билдирди. Демек бул қалтасында бир-еки сомы бар, урлықты кәсип етип алған «дийўаналар» екен деген шешимге келдик. Сондай-ақ, жаӊадан жай салып атырған пуқараларға ақаба суў қудығы ушын «қолдан сатыў-сатып алыў» бизнесин де жолға қойған деген гүмәнымыз бар. Болмаса, қақпақлар қаяққа кете береди? Қақпақ урланып атырған ўақытта бирде-бир адам көрмеўи гүманлы жағдай.
Урыларға инсап тилей отырып, пуқараларды қақпақ урланыўы менен байланыслы жағдайларға бийпарқ болмаўға шақырамыз. Себеби, сиз, биз, жақынларымыз, балларымыз, автомашиналарымыз усы колодецлерге түсип кетиўи мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары
бас басқармасы мәлимлеме хызмети