15.01.2022Жаӊалықлар Кеше ҳаўа райы өзгерип, себелеп баслаған жаўын изин ала қарға айланды. Үстирттиӊ үстинде қуйрығын қыраў шалған қулан менен дүз аӊлары да жаўрап, тығыларға пана излеп атырған ўақытта Қарақалпақстан сорамыныӊ бир шетинде қарлы күнде музғалаққа қарсы Қоӊыратлы жолшылар жеӊ түринип жумысқа атланды.Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолынан баслап улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында автомашина ҳәм жолаўшылардыӊ бийқәтерлигин тәмийнлеў ушын Қоӊырат жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы ҳәм Қоӊырат районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы жумысшылары, машина-механизмлери қырағылық пенен мийнет етпекте.Арнаўлы бригадалар тәрепинен күнди-күн, түнди-түн демей қарлы-қыраўлы күнде жоллларға қум-дуз араласпалары себилип, қәўипсизлик илажлары көрилмекте. Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жолларыбас басқармасы мәлимлеме хызмети