Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы Тақыятас районы аймағынан өтиўши халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ 777,7-км деги Нөкис-Хожели жөнелисиндеги бир тәреплеме ҳәрекетти тәмийнлеўши оӊ тәрепте жайласқан көпирде қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы ўақтынша жабылатуғынлығын ескертеди.

А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ усы участкасында транспорт ҳәрекети екинши тәреп Хожели-Нөкис жөнелисиндеги автомобиль жолы арқалы тәмийнленеди.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары
бас басқармасы мәлимлеме хызмети