Қарақалпақгидомет мағлыўматларына бола бүгин күнниң екинши ярымында қубла аймакларда аз муғдарда жаўын-шашын (жаўын,қар) болыўы күтиледи. Ал, 22-январь сәнесинде де ҳаўа алағат бултласып, түнги ўақытлары азлы-кем қар жаўыўы күтилиўи мәлим етилди.
Қыс күнлери ушын тән болған қарлы-қыраўлы күнлерде автомобил жолларында автомашина ҳәм ҳәр қыйлы транспорт қураллары менен ҳәрекет етиўде машқалалар жүзеге келеди. Усындай ўақытларда автомобил жолларына қум-дуз араласпасы себилип, жолларды қардан тазалаў илажлары алып барылып атыр. Автомобиль басқарыўшылары жолларда қәўипсизлик илажлары көрилгеннен соң транспорт қуралларын басқарыўы усыныс етиледи.

Сондай-ақ, автомобил жолларында ҳәрекет етиўде аралықты сақлаў, транспорт қуралын белгиленген тезликтен асырмаў ҳәм әсте ҳәрекет етиў, сондай-ақ, жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў арқалы өзиңиз ҳәм ҳәрекет қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийнлеўиңизди сорап қаламыз.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы
мәлимлеме хызмети