Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын Комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкар аўыр аймақлардыӊ мәнзилли дизими ислеп шығылған еди. Быйылғы жылда усындай аймақлар қатарына республикамыз бойынша 100 ден аслам аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары киргизилип, мәмлекетлик бағдарлама тийкарында аймақлардыӊ ишки хожалық жоллары оӊланыўы режелестирилип алынды.

Усы тийкарда Нөкис қаласы аймағындағы «Жаңа базар» ҳәм «Шымбай гүзары» МПЖлардыӊ ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша қала ҳәкимлиги, Абаданластырыў басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы менен биргеликте қайырқомлық жолы менен қурылыс-оӊлаў жумыслары баслап жиберилди. Ҳәзирги ўақытта 6 көшеде жумыслар даўам етпекте.

Айтып өтиў орынлы, мәмлекетлик уйымлар, ҳәкимликлер ҳәм басқа да бир қатар мәкеме-шөлкемлер бул ийгиликли иске бас қосқан болып, аўыр аймақлар турмысын жақсылаўды баслы мақсет етип ис баслаған.

Қарақалпақстан Республикасы
Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети