Қарақалпақстан Автомобиль жоллары тарийхы бойынша айырым пикирлер
Ел ағасы, ҳүрметли нураный, сиясий-жәмийетлик ғайраткер Қәллибек Камалов өзиниӊ еске түсириўлери жыйнағы болған «Ел хызметинде» китабында республикамыздағы тийкарғы автомобиль жоллары қурылысы бойынша пикир билдирген. Китаптыӊ (Үшинши басылым) 17-бетинде төмендегише сөз етиледи.
«1956-жылдыӊ июнь айынан 1958-жылдыӊ июнь айына шекем Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль транспорты ҳәм тас жоллары министри болып иследим. Халқабад – Тахтакөпир, Хожели – Шоманай, Хожели – Қоӊырат, Қыпшақ – Манғыт, Беруний – Төрткүл асфальт жолларын салыўға басшылық еттим.»
Ал, китапты бетлей отырып, Қарақалпақстан Автомобиль жолларыныӊ дәслепки ири қурылыслары, жоллар тарийхы, оныӊ халқымыз турмысында тутқан әҳмийети ҳәм басқа да автордыӊ қатар пикирлерин көриўимизге болады. Ел ағасыныӊ еске түсириўлери Қарақалпақстанныӊ ертедеги жоллары менен бүгинги күндеги жоллар ҳаққындағы пикирлери менен биргеликте жаӊа заман ҳәм өткен дәўирдеги ғалабалық түрде автомобиль жолларыныӊ қурылысы алдынан картиналардыӊ өз нәўбетинде сыбайлас ҳәм салыстырмалы берилген. Китаптыӊ 198-бетинде төмендегише сөз едиледи.
– «Жол ҳаққында сөз қозғар болсақ, бизиӊ дана халқымыздыӊ:
«Жолсыз жүрип зорықсаӊ»,
Жол қәдирин билерсеӊ»,– деген нақылы ерксиз еске түседи. Усы нақылдыӊ өзи-ақ, ата-бабамыздыӊ турмысында жолдыӊ тутқан орныныӊ қаншелли үлкен болғанын аӊлатып турыпты. Халқымыз жол ҳәм көпир қурыўды саўап ис деп жоқары баҳалаған.
Елди әдил, ақыллы инсанлар басқарған жыллары бир ел менен екинши елдиӊ, қала менен қаланыӊ, аўыл менен аўылдыӊ арасындағы жоллардыӊ саррас ҳәм бийқәтер болыўына, узақ мәнзиллерге апаратуғын жоллардыӊ бойларына жолаўшылардыӊ дем алыўына қолайлы бөлмелери, шайханасы, ат қоралары бар бәндиргилер салдырыўға үлкен итибар берген. Бундай әдиўли ислер әсиресе уллы Әмир Темур заманында жақсы жолға қойылған екен.
Бүгинги күни Өзбекстанныӊ, соныӊ ишинде Қарақалпақстанныӊ картасына нәзер салсақ, бизиӊ көз алдымызда ушы-қыйыры жоқ айқуш-уйқыш жоллар пайдал болады. Ал, егер де картаӊызды былай қойып, автомашинаға минип, Қарақалпақстан бойлап, сапар шегер болсаӊыз, асфальтланған гүзар жоллар сизди еӊ узақ түпкирдеги аўылларға шекем апарады. Ал, гейпара аўылларға барып тирелген бул асфальт жоллар сизди бригадаларға, ҳәтте пахта, салы атызларыныӊ арасына алып шығады.
Бул – бизиӊ үлкемиздеги жоллардыӊ бүгинги көриниси…»
Бүгинги күнде Қарақалпақстан сорамында 12 381,5 км автомобиль жоллары бар болып, соннан улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары 4 254 км, ишки хожалық жоллары, қалалар ҳәм аўыллық жасаў пунктлери көшелери 8 127,5 км ди қурайды. Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары болған 4 254 км жолдыӊ 29 км цементобетон, 1526 км асфальтобетонлы, 2603 км қара қапламалы, 62 км тас араласпалы, 34 км топырақ жол есапланады.
Автомобиль жоллары қурылысы тарийхына қарайтуғын болсақ, өткен дәўирлер ишинде бир неше мәрте жол қурылысы шын мәнисинде өз шыӊына жетип, көпшилик аймақларға асфальт, қум-щебен, тас жоллар, топырақ жоллар салынғанлығын билиўимизге болады. Бундай ийгиликли ислер бүгинлигинде де даўам етпекте. Бир ғана өткен 2021-жылда 13 реконструкция объектинде 47,4 км жолда қайта қурыў жумыслары орынланды. 618,5 км жолда эксплуатация шеӊберинде үлкен-киши күнделикли оӊлаў ҳәм басқа да бир қатар қурылыс жумыслары алып барылды. 592,4 км ишки хожалық жолларында абаданластырыў, қурылыс-оӊлаў жумыслары жүргизилди. Бул жумысларда бас басқарма баслығы Арсланбай Гобенов басшылық етти.
А.Гобенов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары
Н.Ерлепесов пенен
Жол бул тири организм яӊлы. Оған өз ўақтында күтим керек. Ҳаялға итибар, бояныў буйымлары керек болғанындай жолларға да соншама хошамет зәрүр. Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас басқармасы баслығы орынбасары Бахадир Балтабаевтиӊ бир гәпи бар еди. “Жол бул кийели нәрсе. Жол бул тараўда ҳүждан менен мийнет еткенди көркейтеди, ғәрез нийетлини оӊдырмайды”. Ҳаслында да усындай болса керек, себеби, бул тараўда басшылық етип, я болмаса бар ықласы менен ҳадалый мийнет еткенлер кем болмады. Олар ҳәзирги ўақытта ел ардағында болып, ҳүрметке бөленип отырған яшуллылар. Еске алыўға ылайық марҳумлар да еки талай…
Жол қурылысы тараўы мәлим мүддет өзиниӊ шыӊына жеткен, айырым ўақытлары бир нәўийе төменлеген ўақытлары да болды. Елимиз ғәрезсизликке ерисип, экономикамыздыӊ еле өз қәддин алып кетпеген ўақытлары, сондай-ақ, басқа да бир қатар факторлар себеп, өткен әсирдиӊ 90-жылларыныӊ орталарынан баслап бир қанша ўақыт жол қурылысы тараўында турғынлық, бираз пәсейиў, изге қайтыў ўақытлары да болды. Бул турғынлық дәўиринде улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларынан жергиликли әҳмийетке ийе ҳәм республикалық жолларда ири көлемдеги қурылыслар сийрек болған. Ишки хожалық жоллары да итибарға мүтәж болды. Шамасы, 2003-жылға келип, халықаралық әҳмийетке ийе “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолыныӊ Үстирттеги 240 км бөлегинде қурылыс жумыслары басланды ҳәм 2009-жылларға келип қара қаплама төсеў жумыслары жуўмақланды.
2008-2009-жылларға келип ири көлемдеги инвестициалық жойбарлар әмелге асырыла баслап, жаӊа дәўирди ашып берди. Бул енди өз алдына тема.
Ж.Искендеров,
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары
бас басқармасы мәлимлеме хызмети баслығы