Шымбай районындағы «Таза жол» аўыл пуқаралар жыйыны «Аўыр аймақ»лар дизимине киргизилген еди. Бул бойынша тийисли мәкеме-шөлкемлер менен биргеликте халықтыӊ турмыс шәраятын жақсылаў, олардыӊ күнделикти турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша жумыслар қызғын даўам етпекте.

Аймақ шәраятын жақсылаўда Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы да өз үлесин қосып атырған болып, аўыллық ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша жумысларды жеделлик пенен алып бармақта. Атап айтқанда топырақ жолларда грунт жумысларын жүргизиў, жолларды қум-щебен араласпалы жолға айландырыў, ЩПС ҳәм басқа арнаўлы материаллар менен ислеў бериў сыяқлы жумысларды усылар қатарында айтып өтиў орынлы.

Қолласқан жүк жерде қалмас дегендей, аймақтағы ишки хожалық жолларын оӊлаў менен бир катарда 18,2 км электр тармақларында оңлаў жумысларын алып барыў ҳәм 4 дана трансформатор пунктин жаңалаў, 12,7 км ишимлик суў тармағын тартыў белгилеп алынған болып, бул бойынша да жумыслар баслап жиберилген.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары
бас басқармасы мәлимлеме хызмети