Сынаў тәризинде халықты дизимге алыў процесслери төмендеги басқышларда әмелге асырылды:

2021-жыл 1-5-ноябрь күнлери халықты сынаў тәризинде дизимге алыў ушын арнаўлы ислеп шығылған хабар системасы жәрдеминде Интернет тармағы арқалы дизимге алынды. Бул хабар системасында тек-ғана сынаў өткерилиўи белгиленген аймақларда емес, Республикамыздың барлық аймақларында жасаўшы ҳәм басқа мәмлекетлерде ўақтынша болып турған республикамыз пуқаралары ушын ҳәм системаға кирип, дизимнен өтиў имканияты жаратылды.

2021-жыл 6-10-ноябрь күнлери Интернет тармағы арқалы дизимнен өткен шахсларды жасаў мәнзиллери бойынша дизими қәлиплестирилип, еки мәрте дизимге алып қоймаўын тәмийинлеў мақсетинде сынаў өткерилиўи белгиленген аймақларға жеткерип берилди.

         2021-жыл 11-22-ноябрь күнлери дизимге алыўшы қәнийгелер тәрепинен үйме-үй жүрген ҳалда респондентлер менен сораў өткериў арқалы қағаз формада ҳәм айрым бөлегин планшет қурылмаларынан пайдаланған ҳалда сораўнама формаларын толтырыў арқалы дизимге алыў жумыслары шөлкемлестирилди.

         2021-жыл 23-25-ноябрь күнлери ҳәр бир есап участкасында дизимнен өткерилген шаңарақлардың кеминде 10 процентин қәлеўи менен таңлап алған ҳалда қадағалаў гүзетиўлери шөлкемлестирилди.

         Сынаў тәризинде халықты дизимге алыўдың дәстлепки нәтийжелерине көре 4 аймақ бойынша жәми 138,8 мың шаңарақта 585,0 мың адам дизимге алынды. Ҳәзирги есап бойынша 2021-жыл 1-ноябрь жағдайына 4 аймақтың халқы 624,6 мың адамды қураған. Дизимге алыў нәтийжелери ҳәзирги есапқа салыстырғанда 39,6 мың адамға кем шыққанлығы гүзетилди.

         Аймақлар бойынша: Әндижан ўәлаятының Хожаабат районында 22,2 мың шаңарақта 113,6 мың адам дизимге алынып, ҳәзирги есап бойынша 113,7 мың адамға салыстырғанда 68 адамға кем болды;

         Ташкент ўәлаятының Жоқары Шыршық районында 28,0 мың шаңарақта 139,7 мың адам дизимге алынып, ҳәзирги есап бойынша 136,3 мың адамға салыстырғанда 3,4 мың адамға көп болды;

         Хорезм ўәлаятының Хийўа қаласында 17,5 мың шаңарақта 89,3 мың адам дизимге алынып, ҳәзирги есап бойынша 94,9 мың адамға салыстырғанда 5,6 мың адамға кем болды;

         Ташкент қаласының Яшнабат районында 71,1 мың шаңарақта 242,4 мың адам дизимге алынып, ҳәзирги есап бойынша 279,7 мың адамға салыстырғанда 37,3 мың адамға кем болды.

Нөкис қалалық статистика басқармасы