2022-жыл бәҳәр мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары бойларында жасыл аймақларды пайда етиў, көкилемзарластырыў илажлары шеӊберинде «Қорақалпоқйўлкўкалам» унитар кәрханасы тәрепинен тийисли жол картасы белгилеп алынған болып, бүгинги күнде бәҳәрги егис жумыслары қызғын алып барылып атыр.

Быйылғы жылда соннан 23 800 метр аралықта 18 215 түп терек нәли отырғызылған болып, автомобиль жоллары қатнаў бөлиминиӊ топырақ қурамы ҳәм шәраятына сәйкес тереклер егилмекте. Терек нәллериниӊ көширилген орынларына жақсы бейимлесиўи ушын тийкарынан олардыӊ уйқыдан оянбай атырған ўақытларында, яғный, қыс күнлеринде отырғызылды.

Атап айтқанда, халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ қумлы-шөл участкаларында шөлге шыдамлы 13 100 түп сексеўил нәли егилген.

Қарақалпақстан Республикасы
Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети