Қарақалпақстан Автомобиль жоллары тарийхы бойынша айырым пикирлер
Биз жақында Ел ағасыныӊ автомобиль жоллары тарийхынан пикирлери бойынша мақала жәриялаған едик. Бул мақалада да автомобиль жоллары қурылысы тараўыныӊ өткен әсирдеги менен сыбайлас бүгинги күндеги қурылыс-жумыслары бойынша сөз етемиз. Ел ағасы өз китабында өткен әсирдеги автомобиль жоллары картинасын былайынша сүўретлейди.«Биз қатарлы азаматлар алпысыншы жылларға шекем Қарақалпақстанныӊ жол жағдайлары қандай болғанын жақсы биледи. Алпысыншы жылға шекем республикамызда тек 164 километр асфальт жол бар еди. Олар пайтахтқа жақын жайласқан районлар менен байланыстыратуғын жоллар еди. Ал, республикамыздыӊ басқа жерлериндеги жоллардыӊ бәрине де асфальт туўе тас та төселмеген еди.»Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында жәми автомобиль жоллары бойынша алдынғы мақалада сөз еткен едик. Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы балансындағы улыўма пайдаланыўдағы 4 254 км автомобиль жолыныӊ 29 км аралығы цементобетон жол есапланады. Буннан тысқары 2021-жылдан А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 964-1204 км аралығында цементобетон қапламалы жол қурыў бойынша реконструкция жумыслары халықаралық қаржылар тийкарында басланды. Сондай-ақ, усы 4 254 км жолдыӊ 1526 км автомобиль жолы асфальтобетон, 2 603 км қара қапламалы жол есапланады. Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларыныӊ сапалы хизмет етиўин тәмийинлеў ушын ҳәр жылы Бас басқарма системасындағы мәкеме-кәрханалар тәрепинен күнлеликли, капитал оӊлаў, қайта қурыў, автомобиль жолларын сақлаў жумыслары жүргизилип келинбекте.
2017-жылдан баслап ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша да жумыслар қолға алынып, ҳәр жылы мәмлекетлик бағдарламалар бойынша топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолға айландырыў, күнделикли оӊлаў шеӊберинде асфальт төсеў жумыслары даўам еттирилип атыр. Быйылғы 2022-жылда да топырақ жолларды қум-щебень араласпалы жолға айландырыў бойынша жүдә үлкен масштабда жумыслар орынланыўы режелестирилген. Бул бойынша «Аўыр аймақ»лар мысалында әмелий нәтийжелерге ерисилип атыр. Қайырқомлық көмек жолы менен Нөкис қаласындағы «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны мысалында бул жумысларда жолшылардыӊ күш-жигери, ғайраты, сиӊдирген мийнети жоқары болды. Аймақтыӊ 40 тан аслам көшесинде қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылды.
«Жоллардыӊ жағдайы усындай болса, ал усы жоллар кесип өтетуғын көп сандағы суў тармақларыныӊ, каналлар менен жаплардыӊ көпирлери де қарық емес еди. Ҳәзиргидей инженерлик ақыл-ой менен муқыятлап темир-бетоннан салыў ол дәўирде бизиӊ жағдайымызда мүмкин емес еди. Көпирлердиӊ көпшилиги бөрене ағашлар тасланып, үстине шат-шеӊгеллер басып, ылай, топырақ шашып, әпиўайы усыл менен соғылатуғын еди. Арадан бир ай өтер-өтпестен бул көпирлердиӊ ана жери ойылып, мына жериниӊ ағашы сынып, баяғы көпир соғыўшылар тағы балта-шоты менен келип оӊлап, бүлинип ататуғын еди.»
Ҳәзирги ўақыттағы көпирлер бойынша айтатуғын болсақ, Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәми 1579 көпир бар болып, соннан улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында 781 көпир бар. Усы көпирлердиӊ 674 данасы Автомобиль жоллары комитети (сәйкес түрде Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы) балансында есапланады. Бул көпирлерде басқышпа-басқыш қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылып атырған болып, көпирлерди сақлап турыў, ески, тозыўы жеткен көпирлерди оӊлаў бойынша жол мәкемелери де белсендилик етип атыр.
Атап айтатуғын болсақ, соннан быйылғы 2021-жылда 22 көпир күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде оӊланды, 7 көпирде қайта қурыў жумыслары, 3 көпирде капитал оӊлаў, Халықаралық әҳмийеттеги А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 659,4 км.де (Беруний районы “Абай” АПЖ аймағында) жайласқан көпир қайта қурыў ушын тәбийий апатларды сапластырыў бойынша бағдарламаға киргизилди ҳәм қурылыс-оӊлаў жумыслары даўам етип атыр. Буннан тысқары Әмиўдәрья районында 2021-жылдан узынлығы 413, бийиклиги 11, кеӊлиги 8,5 метр болған темир жол ҳәм автомобиль жолы қоспа көпири қурылысы басланды.
Ж.Искендеров
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети баслығы