Хожели районы Жайхун МПЖ (Водник) аймағындағы жергиликли әҳмийетке ийе 4 Н-17 А автомобиль жолыныӊ 0-2-км аралығында күнделикли оӊлаў жумыслары алып барылып атырған болып, оӊлаў жумыслары шеӊберинде асфальт төселип атыр.

Айтып өтиў орынлы, 4 Н-17 А автомобиль жолы республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-174 автомобиль жолыныӊ 8-км.нен (ҳәзирги Хожели жазыўы) басланып, Водниктиӊ ишки тәрепине шекем кирип барады. Узынлығы жәми 2 км.

Буннан тысқары, жақында аймақтыӊ бир неше ишки хожалық топырақ жолы «Аўыр аймақ» бағдарламасы бойынша қум-щебень араласпалы жолға айландырылған еди.

Қарақалпақстан Республикасы
Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети