Берунийдеги Кат көшеси бойына 3 000 түп тертек нәли отырғызыладыӨткен 2021-жылда Беруний районындағы Кат көшесинде Беруний районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен қайта қурыў жумыслары шеӊберинде кеӊ көлемли қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылған болып, улыўма 5,2 км автомобиль жолы жаӊадан қурып питкерилди.
Бәҳәрги егис мапазы шеӊберинде автомобиль жолы бойларында жасыл аймақларды пайда етиў, көкилемзарластырыў жумыслары баслап жиберилген болып, кәрхана тәрепинен жол бойларында ҳәр қыйлы декоратив тереклерди отырғызыў ушын атызлар таярланды ҳәм саз топырақ төгилди.
Гүзги егис ўақтында жәми 1 500 түп декоратив терек нәллери отырғызылған болса, бәҳәрги егис ўақтында және 1 500 түп терек нәли отырғызылыўы белгиленип, бүгинги күнде нәл отырғызыў жумыслары қызғын даўам етпекте.