Өзбекстан Республикасы Транспорт прокурори Маъруфхон Ходжаев Қарақалпақстанға келди.
Сапар дәслеп Тахтакөпир районынан басланған болып, транспорт прокуроры усы районға алып барыўшы республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолыныӊ 110,5-114 км аралығын реконструкциялаў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм алдағы режелер менен жақыннан танысты.
Жойбар шеӊберинде жәми 3,5 км жолды қайта қурыў, 2,5 км пиядалар жолын, автомобиль жолында жайласқан 2 дана көпирди оӊлаў ҳәм басқа бир қатар жумыслар орынланыўы режелестирилген болып, ҳәзирги ўақытта тийкарғы жол қурылысы жумыслары жуўмақланған. Қурылыс-оӊлаў жумыслары Тахтакөпир районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылмақта ҳәм усы жылы жуўмақланыўы белгиленген.
Маъруфхон Ходжаев орынланған жумысларды көзден өткерди ҳәм зәрүр тапсырмаларды берди.
Оған Аралбойы прокуроры әдиллик мәслаҳәтшиси С.Даўлетов, Автомобиль жолларын қурыў ҳәм оӊлаў ҳәм басқармасы баслығы Р.Худайназаров, Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баслығы М.Алламбергенов, бас инженери Ю.Ерназаров ҳәм басқа жуўапкер қәнигелер қатнасты.
Сапар даўамында Шымбай районы орайынан өтиўши 4 Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолыныӊ 58-63 км аралығын қайта қурыў жумыслары менен де танысты.
Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен жәми 5 км автомобиль жолын қайта қурыў режелестирилген болып, усы автомобиль жолыныӊ жол тийкарын қурыў (основание автомобильной дороги), 2 басқышлы ири дәнешели асфальтобетон қапламасын ҳәм 7 см майда дәнешели асфальтобетон қапламасын төсеў, саламатлық жолларын қурыў, автомобиль жолын екиге ажыратыўшы тосықлар, түнги жақтыландырыў шырақларын орнатыў ҳәм басқа қатар жумыслар әмелге асырылыўы белгиленген. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары жедел пәтте даўам етип атыр.
Гезектеги мәнзил Бозатаў районы болып, райондағы жергиликли әҳмийетке ийе 4 Н-85 “Қазанкеткен аўылы-КС-1” автомобиль жолыныӊ 6 км.де жайласқан көпирди қайта қурыў жумыслары көзден өткерилди.
Усы объектте бас кесип алыўшы «Avtoyol sanoat invest» ЖШЖ ҳәм жәрдемши кесип алып ислеўши “Жайхун жол қурылыс” ЖШЖ кәрханалары тәрепинен қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылып атыр. Усы күнге шекем ески көпирди демонтаж етиў, свай қағыў ушын жағысларды таярлаў, СМ10.35 22 дана ҳәм СМ8.35 22 дана свайларды қағыў, аралық ҳәм жағыс сүтинлерин монолит бетоннан қуйыў, ПН9.99.48 36 дана плиталарды орнатыў сыяқлы жумыслар орынланған.
Райондағы жергиликли әҳмийеттеги 4 К-52 “Қазанкеткен аўылы-Көкшийел ДФХ” автомобиль жолыныӊ 32 км.деги көпирде де реконструкция жумыслары алып барылып атырған болып, ески көпирди демонтаж етиў, свай қағыў ушын жағысларды таярлаў ҳәм басқа да жумыслар әмелге асырылмақта.
Транспорт прокурори Маъруфхон Ходжаев Бозатаў районында алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысып, жумыслардағы артта қалыў сыяқлы машқалаларды сынға алды ҳәм алдағы жумысларды жеделлестириў бойынша тийисли тәртипте тапсырмалар берди.
Сапар даўамында Транспорт прокуроры Нөкис қаласында жайласқан реконструкция объектлери менен де танысты.
Пайтахт Нөкис қаласы орайындағы 4 Р-176 А “Нөкис темир жол станциясына” автомобиль жолыныӊ 0-10 км аралығында реконструкция жумыслары Қарақалпақстан Республикасы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта 2-3-км аралығына асфальт төсеў жумыслары даўам етип атырған болып, автомобиль жолын кеӊейтиў жумыслары алып барылады.
Буннан соӊ 4 Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолыныӊ 0-14,3 км (1,2 басқыш 0-9,3 км) аралығында реконструкция жумысларын ҳәм А-380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолыныӊ 753-765 км, (оӊ тәреп), 757-765,3 км жол кесиспеси ҳәм жол өткизгиш» аралығында реконструкция жумысларын алып барыў жумыслары да көзден өткерилип, жуўапкер мәкемелерге зәрүр ўазый палар белгилеп берилди.
Сапар жуўмағында Хожели районына алып барыўшы республикалық әҳмийеттеги 4 Р-174 “Нөкис-Хожели” автомобиль жолыныӊ 0-11 км аралығын қайта қурыў жумыслары менен танысты.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы
мәлимлеме хызмети