Пайтахтымыз Нөкис қаласы орайынан өтиўши республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-176 А автомобиль жолыныӊ 0-10-км аралығында реконструкция жумыслары алып барылып атыр. Ҳәзирги ўақытта 0-2-км аралығында автомобиль жолы кеӊейтилип, жол тийкары (основание автомобильной дороги) исленди ҳәм щебень төселди. Буннан соӊ ири дәнешели асфальтобетон төселип атыр.
Айтып өтиў орынлы, автомобиль жолы бойына жаўын суўлары ағыўы ушын лоток, түнги жақтыландырыўшы шырақлар, сондай-ақ, пиядалар жоллары салыныўы белгиленген.
Дәслепки басқыш ири дәнешели асфальт төселгеннен соӊ, майда дәнешели асфальт төселиўи режелестирилген. Реконструкция жумыслары басланбастан алдын автомобиль жолы 2 жөнелисли 2 бөлимли жол еди. Бүгинлигинде 6 бөлимли жолға айландырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети