Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы баслығы Мадад Алламбергенов ҳәм бас басқарма қәнигелери, kar24.uz сайты журналистлери ҳәм пуқаралар қатнасыўында «Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында алып барылып атырған қурылыс ҳәм оӊлаў жумыслары, машқалалар» атамасында ашық сәўбет болып өтти.

Өткерилген ашық сәўбетте бас басқарма қурамындағы мәкеме-кәрханалар тәрепинен автомобиль жолларында алып барылып атырған қурылыс-оӊлаў жумыслары ҳәм сапасы сын көз қараста талқыланып, тараўда жүргизилип атырған бирден бир жол сиясаты бойынша кеӊ түрде мағлыўмат берилди.

Әлбетте, өткерилген сәўбет бул халық пенен еледе жақын байланыста болыў, ғалаба хабар қураллары менен тығыз бирге ислесиўде әҳмийети үлкен болып, бул бағдарда бас басқарма тәрепинен ашық-айдын бирге ислесиў принципинде жумыслар еледе даўам етиўиниӊ дәлийли десек алжаспаған боламыз.

Сәўбет даўамында пуқаралар тәрепинен берилген сораўларға тараў басшылары тәрепинен жуўаплар берилип, автомобиль жоллары саласында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кеӊнен түсиник берилди.

Атап өтиў керек, буннан алдын бас басқарма бас инженери Юсуп Ерназаров қатнасыўында ашық сәўбет өткерилген еди ҳәм бүгинги онлайн ушырасыў бас басқарма баслығы Мадад Алламбергенов басламасы менен шөлкемлестирилди.

Өткерилген илаж жуўмағында усындай ашық сәўбетлер буннан былайда даўам еттирилиўи атап өтилип, сайт админстрациясы ҳәм шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирилди.

Қарақалпақстан Республикасы
Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети