Ҳаўа температурасы көтерилиўи менен автомобиль жолларында қурылыс-оӊлаў жумысларына да пәт ендирилген. Бунда улыўма пайдаланыўдағы жолларда жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў, қапламаларды тиклеў бойынша участкалардағы ой-шуқырларға сәйкес оӊлаў жумыслары алып барылады.
Беруний районы аймағынан өтиўши халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ 625-629-км аралығында Беруний РЖПУК тәрепинен асфальт төселип атыр.
Буннан алдын усы автомобиль жолыныӊ 631-632-км аралығында асфальт төселгени бойынша хабар берген едик.