Пуқаралардыӊ ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, нызамлардыӊ турмыста сәўлелениўи ҳәм қабыл етилген норматив-хуқықый ҳүжжетлер мазмунын түсиндириў бойынша орынларда үгит-нәсият илажлары алып барылып келинбекте.

Жақында Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы юристконсульты П.Самендеров ҳәм районлық ишки ислер бөлими қәнигелери менен биргеликте Шымбай районы «Гүлистан» ҳәм «Тазғара» МПЖ ларда мәҳәлле белсендилери қатнасыўында дөгерек сәўбети өткерилди.

Онда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы нызамы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Конституциялары, сондай-ақ, жол тараўына тийисли норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер бойынша кеӊ түрде түсиник берилди.

Қарақалпақстан Республикасы
Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети