Нөкис қаласы «Ақ жағыс» МПЖ «Устюрт» көшесиниң бир топар турғынларынан 2022-жыл 14-октябрь күнги Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси арқалы жоллаған Ш-356 санлы мүрәжатында «Ақ жағыс» МПЖ «Устюрт» көшесине асфальт қапламасын тѳсеўде әмелий жәрдем соралған. Оннан тысқары Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасының телеграмм @kkavtojol_bot мәнзилине де келип түскен еди. Усы мүражаттың үйренилиў нәтийжеси бойынша төмендегилерди мәлим етемиз:
Υйрениў нәтийжесине көре, Нөкис қаласы «Ақ жағыс» МПЖ «Устюрт» көшеси Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 5-августтағы 169-санлы қарарына тийкар Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары бас басқармасы қурамындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары дизимине кирмейтуғынлығы, яғный қалалық абаданластырыў басқармасына қараслы жол екенлиги анықланды.
Өзбекстан Республикасыныӊ «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы 2007-жыл 2-октябрьде қабыл етилген нызамыныӊ 10-статьясына муўапық қала көшелери, район орайы көшелери, ишки хожалық жоллары (оныӊ қурамындағы көпирлер ҳәм басқа да элементлери менен бирге) тийисли район ҳәм қала ҳәкимлиги қарамағына бекитилгенлигин мәлим етип билдиремиз.