Мамлекетимиздиң Статистика органлары Өзбекстан Республикасы Президенти тəрепинен 2020 жыл 3-августта қабылланған «Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын жəнеде жетилистириў ҳəмде раўажландырыў илəжлары ҳаққында»ғы ПҚ-4796 санлы қарарына муўапық талап жоқары болған сапалы ҳəм исенимли мағлыўматларды қəлиплестириў, статистикалық мағлыўматлардың ашықлығы ҳəм əшкаралығын тəмийнлеўде профессионаллық пенен ғəрезсиз хызмет көрсетип келмекте.
Мəмлекетимиз экономикасын раўажландырыўда тийкарғы бағдарлардын бири болған киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў, пуқараларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олар ушын шараятлар жаратыў, бəнтлиги тəмийнленбеген жасларға микрофирма ҳəм киши карханаларда жумыс орынларын, сондай-ақ жаңадан киши исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў бойынша қаламызда кең көлемли жумыслар əмелге асырылмақта.
2023 жылдың 1 июнь жағдайына қаламыздың аймағында 8278 хожалық журитиўши субъектлер мəмлекетлик дизимге алынған болып, соннан киши бизнес субъектлери 7255 ди қурайды (87,1%). Дизимге алынған киши бизнес субъектлеринен ҳарекет етип турғаны 6526 субъект болып, соннан бес ай дауамында 925 субъект жаңадан ашылып бугинги кунде өз жумысларын жолға қойып өз хызметлерин халқымызға усынбақта. Жаңадан ашылған исбилерменлик субъектлерине мəмлекетимиз тəрепинен берилип атырған жеңилликлер, статистика бөлимине тапсырылатуғын мəмлекетлик статистикалық есабатлар ҳəм оларды тапсырыў муддетлери ҳаққында тусиндириў жумыслар алып барылмақта.
Қаламыздағы хожалық журитиўши субъектлер тарепинен 2023 жыл январ–май айларында 2 трлн 870 млрд 812 млн сўмлық санаат өнимлери ислеп шығарылды, халық жан басына санаат өнимлери 8 млн 569 мың сумды ҳəмде қаланың республикадағы улыўма санаат өнимлериндеги үлеси – 45,6 процентти қурады.
Халық тутыныў товарлары 218 млрд 286 млн сўмлық ислеп шығарылды, халық жан басына 651 мын сумды ҳəмде қаланың халық тутыныў товарларын ислеп шығарыўдағы республикадағы үлеси – 20,4 процентти қурады.
Есабат даўиринде 617 млрд 603 млн. сўмлык қурылыс жумыслары орынланып, халық жан басына қурылыс жумыслары көлеми -1 млн 843 мың.сумнан туўра келди. қурылыс жумыслары колеминиң республикадағы үлеси – 30,9 процентти қурайды.
Усақлап сатыў товар айланбасы көлеми 673 млрд 694 млн сўм болып, халықтың жан басына – 2 млн 11 мын сумды ҳəмде қаланың республикадағы үлеси – 18,8 процентти қурады.
Көрсетилген жами хызметлер көлеми 1 трлн 958 млрд 278 млн сўм болып, халықтың жан басына-5 млн 875 мың сумды ҳəмде қаланың республикадағы үлеси – 41,4 процентти қурады.
Нөкис қалалық статистика бөлими