Президентимиздиң республикамыз аймағындағы бир қатар инфраструктура объектлерин оңлаў бойынша 4889-санлы қарары қабыл етилген еди.
Қарар тийкарында Мойнақ районы аймағындағы жергиликли әҳмийетке ийе 4н110 «Мойнақдан-Арал теӊизи пристанға шекемги» автомобиль жолыныӊ 0-2-км аралығында капитал оңлаў жумысларын алып барыў ушын 5 млрд. сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары даўам етпекте.
Нәтийжеде аймақ турғынлары ушын қыйыншылық туўдырып келген автомобиль жолы машқаласы өз шешимин табады.
