Ѳзбекстан Республикасы Транспорт министри И.Маҳкамов, Автомобиль жоллары Комитети баслығы Ж.Турсунов ҳәм басқада тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте Халық аралық әҳмийетке ийе А-380 маркалы «Ғузар-Бухара-Нѳкис-Бейнеў» халық аралық автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы аймағындағы 240 километрли цемент-бетон қатламлы жол қурылысын кѳзден кеширди.

Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл декабрдеги «2023-2025-жылларда Ѳзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфрадүзилмесин раўажландырыў иләжлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, Азия  инфрадүзилмели инвестициялар банки қатнасыўында халық аралық әҳмийетке ийе А-380 маркалы «Ғузар-Бухара-Нѳкис-Бейнеў» халық аралық автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы аймағында 240 километрли цемент-бетон қатламлы жол қурылды.

Бул цемент-бетон қатламлы жол қурылыс жумыслары Қытай Халық Республикасының «“CRBC ва СССС Third Highway Engineering Co. Ltd” қоспа кәрханасы тәрепинен алып барылған.

Жойбардың улыўма баҳасы 383,4 млн АҚШ доллорына тең болып, қурылыс жумыслары 2020-2024-жылларда әмелге асырылды.

Бүгинги күнде бул автомобиль жолының 964-1204 километр аралығындағы 240  километр жол бѳлегинде цемент-бетон жол қурыў жумыслары толық жуўмағына жеткерилип, пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур.

Бул раўан жоллар кѳп жыллар даўамында халқымыздың узағын жақын, аўырын жеңил етиўге хызмет етеди.