Администрация
Басқарма баслығы орынбасары:
Ибрагимов Равшанбек Бахрамович
+99861 225 17 84
+99861 225 12 75
r.ibragimov@qqavtojol.uz
Қабыллаў күнлери:
Ҳәр пийшенби: 15:00 — 17:00
Халық аралық талапларға жуўап беретуғын улыўмапайдаланыўдағы автомобилъ жоллары системасын раўажландырыў бағдарламасын ислеп шығыўда актив қатнасыў, транспорт коммуникациялар системасын кеӊ енгизиўди тәмийинлеў, транспорт қуралларыныӊ қәўипсиз ҳәрекетин тәмийинлеў бойынша ис-илажларды енгизиў, автомобилъ жолларын жойбарлаў, оӊлаў ҳәм сақлаўға қаратылған финанслық ресурслардан нәтийжели пайдаланыў;
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ ҳәм Министрлер Кабинетиниӊ пәрманлары, қарарлары, буйрықларына муўапық улыўмапайдаланыўдағы автомобилъ жолларын раўажландырыў концепциясын әмелге асырыўда қатнасыў;
Режелестирилип атырған жол жумыслары колемлерине муўапық жол қурылыс бирден-бир технологиялық комплексине киретуғын көпир ҳәм жоллардан пайдаланыў унитар кәрханаларында материаллық техникалық базасын беккемлеў ҳәм модернизациялаў мониторингин өткериў. Улыўмапайдаланыўдағы автомобилъ жолларында қәўипсиз ҳәрекетти тәмийинлеў ушын жолларда биринши нәўбетте сақлаў жумысларын орынлаў, яғный жол қатламы жол конструкцияларында оӊлаў жумысларын алып барыў, ажыратылып атырған қаржылардан нәтийжели пайдаланыў ушын мониторинг өткериў.
Қарақалпақстан Республикасы Aвтомобилъ жоллары аймақлық бас басқармасы системасындағы көпир ҳәм жоллардан пайдаланыў унитар кәрханаларында битум ҳәм шийки нефтъ резервин жаратыў бойынша жумыс алып барыў;
Баҳа системасын жетилистириў тийкарында қурыў, қайта қурыў, оӊлаў ҳәм сақлаў жумысларына сарплаў-шығынларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;
Орынланып атырған жумыслар бойынша кәрханалардыӊ натийжелилигин асырыў бойынша кесип алып ислеў жумысларыныӊ ғәрежетлери бойынша машина-механизм ҳәм транспорт қураллары бойынша мониторинг өткериўде экономика хызметиниӊ жумысын шөлкемлестириў;
Қарақалпақстан Республикасы Aвтомобилъ жоллары аймақлық бас басқармасы қурамындағы раён көпир ҳәм жоллардан пайдаланыў унитар кәрханаларында ҳүкимет қарарлары тийкарында бирден-бир техникалық сиясатын әмелге асырыўда қатнасыў;
Қарақалпақстан Республикасы Aвтомобилъ жоллары аймақлық бас басқармасы қурамындағы көпир ҳәм жоллардан пайдаланыў унитар кәрханаларыныӊ инженер-техникалық хызметкерлерин маманлығын асырыў ушын басқарма қәнигелери менен биргеликте оқыў курсларын шөлкемлестириў;
Қарақалпақстан Республикасы Aвтомобилъ жоллары аймақлық бас басқармасы қурамындағы көпир ҳәм жоллардан пайдаланыў унитар кәрханаларында жол жумыслары искерлиги бойынша шәртнамалар дүзилиўи ҳәм олар нызам -қағыйдалар тийкарында болыўын қадағалаў;
Aвтомобилъ жолларын мәўсимлик көриктен өткериўде қатнасыў, автомобилъ жолларын модернизаcия бағдарламаларын енгизиў мониторингин қәлиплестириў бойынша өз пикир-усынысларын билдириў;
Қарақалпақстан Республикасы Aвтомобилъ жоллары аймақлық бас басқармасы диспетчерлик хызметиниӊ туўры жүргизилиўи, диспетчерлерди жол тараўына тийисли мағлыўматлар менен жеткиликли дәрежеде тәмийинлениўин, жоқары турыўшы органлардан мағлыўматларды толық ҳәм анық қабыл етилиўи, администраcияға өз ўақтында жеткерилиўи, байланыс информация қуралларын (телефон, факс) турақлы ислеп турыўы тәмийинлениўин ҳәм де диспетчерлердиӊ өз үстинде ислеп жол қорылысы тараўы бойынша тәжрийбелерин асырып барыўын қадағалаўға алыў.