А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 698-717 км. аралығында жол сызылмалары жаӊаланып атыр.

Жол транспорт ҳәдийселериниӊ алдын алыў, сондай-ақ, автомашиналардыӊ емин-еркин қәўипсиз ҳәрекет етиўи ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел еткен түрде транспортты басқарыўында жол белгилери менен бир катарда жол сызылмаларыныӊ да әҳмийети үлкен есапланады.