Усы жылдың 12-июль күни Қоңырат районында халықаралық әҳмийетке йие А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 964-1204 км аралығында реконструкция жумысларының басланыўына арналған презентациясы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының Санаатты раўажландырыў, капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Е.Аташов, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобенов, Қоңырат районы ҳәкимлиги жуўапкер ўәкиллери, тараў қәнигелери ҳәм кесип алып ислеўши кәрхана ўәкиллери қатнасты. Онда халықаралық байланысларды беккемлеўде автомобиль жолларының әҳмийетиниң артып баратырғаны, Қарақалпақстан аймағынан өтиўши А-380 жолының да мәмлекетимиздиң қоңсы еллер менен байланысын буннан былайда жетилистириўде әҳмийети үлкен екенлиги айрықша атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта халықаралық әҳмийетке ийе А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 964-1204 км аралығында реконструкция жумыслары басланды.
Айтып өтиў орынлы бул жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген 73-санлы мәжлис протоколында Автомобиль жоллары Комитетине ҳәм Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине Азия раўажланыў банкы қаржылары есабынан халықаралық әҳмийеттеги А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 240 км аралығындағы 964-1204 км.леринде заманагөй цементобетон қапламалы автомобиль жолын қурыў жумысларын 2021-жылдан басланыўын тәмийнлеў, бунда қурылыс сапасын техникалық қадағалаў тәжрийбели халықаралық консалтинг компаниялары тәрепинен әмелге асырылыўына айрықша итибар каратылған.
Усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийнлеў мақсетинде жойбар шеңбериндеги барлық ис-илажлар жеделлестирилди. Нәтийжеде 2020-жылдың 3-декабрь күни Өзбекстан Ҳүкимети (Қаржы министрлиги) ҳәм Азия раўажланыў банкы (АРБ) арасында қарыз келисими, Автомобиль жоллары Комитети ҳәм Азия раўажланыў банкы (АРБ) арасында жойбар келисимине қол қойылды.
Кесип алып ислеўши компанияларды анықлаў бойынша тендер саўдалары жуўмақланып, 1,2 ҳәм 3 лотлар бойынша – Polat Yol Yapi San. ve Tic S.A.(Туркия) ҳәм North West Construction LLC (Әзербайжан) қоспа кәрханасы; 4,5 ҳәм 6 лотлар бойынша – “CRBC” China Road and Bridge Corporation (Қытай) ҳәм CCCC Third Highway Engineering Co., Ltd. (Қытай), Sanmenxia City Changtong Road and Bridge Construction Co., Ltd. (Қытай) қоспа кәрханасы) компаниялары жолларда реконструкция жумысын алып барыўшы сыпатында белгиленди.
Қурылыс сапасының техникалық қадағалаўын әмелге асырыўшы консалтинг компанияны таңлап алыў бойынша өткерилген тендер саўдалары жуўмағы бойынша болса, тәжирийбели халықаралық консультант – JV Dongsung Engineering Co., Ltd and IRD Engineering SRL in association with Rhythm Plus LLC (Қубла Корея, Италия) қоспа кәрханасы тендер жеңимпазы деп табылды.
Ҳәзирги ўақытта жойбар шеңберинде халықаралық компаниялар тәрепинен қурылыс монтаж жумысларын баслаў бойынша арнаўлы техникаларды объектке көшириў ис-илажлары алып барылып атыр. Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйқланған жойбар шенбериндеги жумыслардың 2021-жыл ушын мөлшерленген реже-прогнозлары орынланбақта. Сондай-ақ, бул объект аймағында кесип алып ислеўшилердиң базаларын қурыў ушын 4 орында жер участкалары ажыратып берилди.
Быйылғы жылдың өзинде 150 млрд сўм қаржы көлеминде жумыслар орынланыўы белгиленген болып, бул бағдардағы жумыслар баслап жиберилген.
Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети


