Усы жылдың 18-июль күни Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы ҳәм оның қурамындағы мәкеме ҳәм кәрханалар арасында спорттың киши футбол түри бойынша «Қарақалпақ автожол кубогы» ойынларының финал басқышы болып өтти.

Финалда улыўма 18 команда ишинде теңсиз деп табылған Бозатаў районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы ҳәм Қанлыкөл районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы беллести ҳәм Бозатаў РЖПУК командасы жеңимпаз болды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-октябрьдеги «Саламат турмыс тәризин кеңнен ен жайдырыў ҳәм ғалабалық спортты еледе раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар шөлкемлестирилген киши футбол кубогы жарыслары кескин беллесиўлерге бай түрде болып өтти.

Өткерилген жарыс жуўмағында финал ойыны қатнасыўшылары медал ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланып, Бозатаў РЖПУК командасына «Қарақалпақ автожол кубогы» тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети