«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары бойынша жумыслар орынларда қызғын түрде алып барылып атырған болып, бул бойынша ишки хожалық жолларында күнделикли оӊлаў жумыслары есабынан қум-щебен араласпасы – ЩПС ҳәм асфальт төселип атыр. Беруний районы Беруний АПЖ аймағындағы 17 көшеде мәмлекетлик бағдарлама тийкарында қурылыс-оӊлаў жумыслары жүргизилиўи режелестирилген болып, бүгинги күнде бул бағдардағы жумыслар қызғын. Буннан тысқары, Абай АПЖ аймағындағы 24 көше, Қызылқала АПЖда 5 көше, Дослық АПЖда 5 көше ҳәм басқа да аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймағындағы ишки хожалық жолларында оӊлаў жумыслары алып барылыўы белгиленген.