Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын Комплекс социал-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы қарарына тийкар аўыр аймақлардыӊ мәнзилли дизими ислеп шығылып, күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде ишки-хожалық жолларын оӊлаў белгилеп алынған еди.
Усы тийкарда Нөкис қаласы Жеке терек МПЖдағы “60 жыллық” көшесине тийисли қаржылар бағдарланған болып, Тақыятас жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен күнделикли оӊлаў жумыслары шеӊберинде асфальт төселип атыр.
Автомобиль жолына дәслеп ЩПС ҳәм щебен төселип, 12 см қалыӊлықта тийкар (основаные) исленди. Ҳәзирги ўақытта 710 м узынлықтағы ени 12 м болған асфальт төсеў жумыслары жүргизилмекте.
Мағлыўмат орнында, 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасында жол-транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлар (объектлер) дизими ислеп шығылған.