Өзбекстан Республикасы Транспорт прокуроры Маъруфхон Ходжаев Шоманай районына келип, қайта қурыў жумыслары алып барылған көпир менен жақыннан танысты.
Рәсмий сапар даўамында көпирдиң ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Аралбойы транспорт прокуроры әдиллик мәслаҳатшысы С.Даулетов, Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министри С.Сапаров, Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы бас инженери Ю.Ерназаров, Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм тараў ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 1-марттағы 21-санлы мәжлис протоколына тийкар
Шоманай районы Бирлешик АПЖ аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы 4 Н 38 А автомобиль жолының 1,2 кмде жайласқан көпирде қайта қурыў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, Шоманай РЖПУК тәрепинен автомобиль жолында оңлаў жумыслары жүргизилди.
Илаж даўамында Транспорт прокуроры Маъруфхон Ходжаев пуқаралар мүрәжатларын үйрениў, оларға шешим табыў ҳәм бул бағдарда жол инфраструктурасындағы бар болған кемшиликлерди сапластырыў бойынша усынысларын берди.