Норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары порталында «Транспорт тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў ҳәмде илимий ҳәм инновациялық жумыс алып барыў системасын шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында» Министрлер Кабинетиниӊ қарары жойбары жәрияланды.
Усы ҳүжжетке муўапық Өзбекстан Республикасы Транспорт Министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясыныӊ Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль транспорты қәнигелери тәжирийбесин арттырыў ҳәм қайта таярлаў институты, Өзиниӊ темир жолларына ийе болған юридикалық шахслардыӊ темир жол хызметкерлериниӊ тәжирийбесин арттырыў ҳәм қайта таярлаў орайы, Ташкент мәмлекетлик Транспорт университети жанындағы тәжирийбе арттырыў ҳәм қайта таярлаў орайы, Автомобиль жоллары комитети жанындағы Бухара жол хожалығы хызметкерлери тәжирийбесин арттырыў илимий изертлеў ислеп шығарыў орайы ҳәм Наманган жол хожалығы хызметкерлери тәжирийбесин арттырыў оқыў орайы тийкарында Транспорт тараўында кадрларды қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў институтын (кейинги орынларда – Институт) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныс мақулланады.
Институт:
- автомобиль, темир жол, ҳаўа, дәрья ҳәм электр транспорты, метрополитен ҳәм жол хожалығы кадрларын қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыў бойынша таяныш оқыў орынлары;
- Өзиниӊ темир жолларына ийе болған юридикалық шахслардыӊ темир жол хызметкерлериниӊ тәжирийбесин арттырыў ҳәм қайта таярлаў орайы, Ташкент мәмлекетлик Транспорт университети жанындағы тәжирийбе арттырыў ҳәм қайта таярлаў орайы, Автомобиль жоллары комитети жанындағы Бухара жол хожалығы хызметкерлери тәжирийбесин арттырыў илимий изертлеў ислеп шығарыў орайы ҳәм Наманган жол хожалығы хызметкерлери тәжирийбесин арттырыў оқыў орайы ҳәмде Автомобиль транспорты хызметкерлериниӊ тәжирийбесин арттырыў ҳәм қайта таярлаў институтына тийисли ҳуқық ҳәм еркинликлер бойынша ҳуқықый мийрасхор есапланады.
Транспорт министрлиги институттыӊ шөлкемлестириўшиси есапланады. Институт Ташкент қаласы, Учтепа районы, 31 мавзе, Диярабат мәҳәллеси мәнзили бойынша бийғәрез пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылады.
Батафсил: https://regulation.gov.uz/uz/d/55101
Манба: mintrans.uz
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары
бас басқармасы мәлимлеме хызмети