Республикалық әҳмийетке ийе 4 Р-176 Б (Дәрбент көшеси) автомобиль жолында суў тармағын өткериў ушын жеке сектордағы кәрханаға Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм басқа бир қатар мәкеме-шөлкемлер тәрепинен тийисли тәртипте ордер берилген еди. Сондай-ақ, кәрхана Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасынан техникалық шәрт (тех условия) алған түрде, белгиленген тәртипте қазыў жумысларын алып барыўы тийис еди. Еди… тилекке қарсы. Техникалық шәрт алынбаған. Буннан тысқары, ордерде жазылыўы бойынша да қазыў ушын белгиленген ўақыт өтип кеткен. Қазыў сапасыз ҳәм талапқа жуўап бермейди.

Ўақыя орнын үйренгенимизде бирде-бир қәўипсизлик қағыйдалары, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етилмей атырғаныныӊ гүўасы болдық. Қазыў жумыслары да оғада қопал ҳәм қәўипли түрде жүргизилмекте. Ҳәрекет жийилиги басым, және тап усы орыннан машиналар жасалма дөӊлик бар екенлигине байланыслы тоқтап, салмақ салып өтеди. Жолды қазып, коммуникация тармағы өткерилгеннен соӊ, жол тийкары (основание автомобильной дороги) беккемлигин өз қәлпине келтириў, қапламаны тиклеў мәселелери бир шетте турсын, қазыўшылардыӊ топырақ астында қалып қойыў итималы не болады? Ақыры бул орыннан биз өзимиз де гуўасы болған жүк машиналары да өтип атыр.

Ал, усы тақылетте суў тармағын өткерген менен жол тийкары беккемлиги сақланбайды. Әпиўайы қылып айтқанда трамбовка исленбейди. Нәтийжеде ўақыт өтип, жолдыӊ усы бөлими отыратуғыны аттан анық болып тур. Жолдан қандайда коммуникация тармағы өткерилетуғын болса жол толық ашық түрде қазылыўы керек, тесип өтиў усылы зәрүр орында болса, бир ғана жол менен тармақ өткериледи. Буны видео арқалы көрип алыўымыз мүмкин.

Бул жерде жол екинши мәселе, биринши мәселе болса қатнаў жийи болған жол астында қазыў жумысларын алып барып атырған инсан тәғдири. «Жаман айтпай жақсы жоқ» дегендей топырақ опырылып кетсе кимниӊдур шаӊарағы әкесиз, кими перзент дағында қалыўы мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары
бас басқармасы мәлимлеме хызмети