Қар жаўыўы күшейип атырған ўақытта, қардан тазалаў, қум-дуз араласпасын себиў оғада әҳмийетли есапланады. Бундай ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тәрепинен бас басқарма системасындағы аймақлардағы кәрханалардыӊ зәрүр болған барлық техника ҳәм арнаўлы бригадалары мобилизация етилип, қардан тазалаў жумыслары қызғын алып барылады. Қала ҳәм районлар аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары (бас көше, ҳәм трассалар) Бас басқармаға тийисли, ал ишки хожалық жоллары (ишки көшелер) ҳәкимликлер балансында болып, эксплуатация жумыслары абаданластырыў басқармалары тәрепинен жүргизиледи.
Қар жаўған сынаўлы күнлерде ҳәр еки тәрептен де тазалаў жумыслары алып барылады.
Усы ўақытқа шекем қаншама көшелер асфальтланды, қум-щебен араласпасы төселди, қарлы-қыраўлы күнлерде күнди-күн, түнди түн демей жолшылар өзлерине жүклетилген ўазыйпаны шын кеўилден атқарып киятыр. Ал, пуқаралар тәрепинен жол бойынша наразылықлар, мүрәжатлар социаллық тармақлар арқалы тарқалған жағдайлар көп гезлести. Бирақ, бүгинги күнге шекем бирде-бир пуқара исленген жумыслар бойынша миннетдаршылық билдирип, социал тармақлар, жәмийетлик сайтларға мүрәжат етпегени өкинишли.
Биз буныӊ менен өзимизге жүклетилген ўазыйпаны атқарғанымыз ушын миннетдаршылық күтип атырған жоқпыз. Бирақ, пуқаралардыӊ тек ғана негатив пикирлер болса ғана интернет бетлеринде жәриялайтуғынлығыны бизди ойландырады.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети